Оператор call-центра

Зарплата 1 - 2 сум
1 - 2 сум
Занятость Работа на полную ставку
Работа на полную ставку
Адрес Каракалпакстан, Нукус
Описание вакансии

"QIRIQQIZ" техника орайына ОПЕРАТОР қыз керек!

Атқаратуғын ўазыйпалары төмендегилерден ибарат:

1. Клиентлер менен ислесиў:

  • Кириўши қоңыраўларға ўақтында, мүлайым ҳәм профессионал жуўап қайтарыў керек;

  • Товарлар (бытовая техника), акциялар, шегирмелер ҳаққында толық мағлыўмат бериў керек;

  • Клиентлердиң мүтәжлигин анықлап, оларға туўры келетуғын товарды усыныс қылыў керек;

  • Сораў ҳәм шағымларға дурыс шешим бериў яки басшыларға өз ўақтында хабар бериў керек;

  • Клиентлер менен қайта байланыс орнатыў керек.

2. Клиентлер базасы менен ислесиў:

  • Жаңа клиентлерди дизимге алып отырыў керек;

  • CRM ҳәм Excel программаларында клиентлер базасын жүритип, воронкаларды анализлеп билиўи керек;

  • Потенциал ҳәм потенциал емес клиентлерди анализлеп билиў керек;

  • Социал тармақларда хабарласқан клиентлерди товарға қызықтырып, кеминде 20% клиенттиң магазинге келиўин тәмийинлеў керек.

Тийкарғы талаплар:

  • 18-30 жас аралығындағы студент емес кызлар;

  • Анық ҳәм тынық сөйлеў;

  • Дыққат пенен тыңлай алыў қәбилети;

  • Клиентти исендириў шеберлиги;

  • Системалы ҳәм режели ислеў;

  • Клиентке исенимли, меҳрибан ҳәм қоллап-қуўатлаўшы мүнәсибет.

Жумыс ўақты: 6/1 10:00 ден 18:00 ге шекем;

Айлық: Сәўбет даўамында айтылады

Байланыс: ⁨+998(99) 249 77 17

Мәнзил: QIRIQQIZ техника орайы (ориентир Инфинбанк)⁩

Условия работы
График работы Постоянная работа
Добавлено 2 месяца назад
Для связи с работодателем или просмотра контактов нажмите на кнопку